Окыу пәни студентлеге уйренилип атырған шет тилинде оқыў қәбилетин уйретиўди нәзерде тутады. Бул пәнди уйрениў барысында студентлер Европа Кенесинин “Шет тилин ийелеў улыумаевропалык компетенциялары: үйрениў, оқытыў ҳәм баҳалаў” ҳаққындағы халқаралык кабылланған (CEFR) тийкарында В1-С1 дәрежеге мас келетуғын материалларды шет тилинде оқып анализ қыла алыўы, өз пикирин айдын айта алыўды ҳәм ҳәр турли текстлерди окыўды уйренеди. Оқыў модули 1-5 семестрлер даўамында оқытылады. Пәнди оқытыўда шахска бағдарланған тәлим методы хәм шет тилин оқытыўда коммуникатив усылдан максимал дәрежеде пайдаланыў талап етиледи. Сабакларда оқыўлык хәм оқыў қолланбалардан тысқары аутентик (реал) материаллар: аудио, видео, газета хәм журналлар, интернет ресусосларинан, интерактив усылларди қоллаған ҳалда ақлый ҳүжим, кейс-стади, проектлер таярлаў, ролли ойын, дебатлар, презентация методларынан кен пайдаланылады.