"Оқыў " пәни бойынша методикалык корсетпелер
Европа Кенесинин “Шеттилинийелеўулыўмаевропалыккомпетенциялары: үйрениў, оқыўтыўҳәмбаҳалаў” хаккындағы ҳүжжетинде тил билиўге қойылатуғын талап хәммей занлар итибарға алынған ҳалда Өзбекстан узликсиз тәлим системасында шет тиллерин үйрениўдин мақсет хәм ўазыйпалары белгиленип, шет тиллери бойынша тәлимнин барлык басқышлары питкериушилеринин билим дәрежесине қойылатуғын Мәмлекетлик тәлим стандарты талаплары ислеп шығылды. Шет тилин билиў дәрежелерин өз ишине алган бул стандарт Өзбекстан Республикасы Ўәзирлер Кенесинин 2013 жыл 8 майдағы “Шет тиллер бойынша тәлимнин барлык басқышларын питкериушилеринин билим дарежасине қойылатуғын талаплар” хаккындағы 124-санлы қарары менен тастыйықланды.
Бул дастурди ислеп шыгыуда Европа Кенесинин “Шет тилин билиу улыўма европалык компетенциялары: үйрениў, оқыў хәм баҳалаў” хаккындағы белгиленген халықаралык мийзанлар (CEFR – Common European Framework of Reference) хәм Өзбекстан Республикасынын үзликсиз тәлим системасында шет тиллерин үйрениўге қойылатуғын талаплар итибарға алынды. Бунда шет тилин оқыўтыўға қәнигелескен тәлим бағдарлары питкериўшилери жокары оқыў орнында төрт жыл билим бахалаў аҳырында үйренген шет тили бойынша С1 дәрежесин ийелеўи минимум сыпатында белгиленди.
Дәстүр бойынша тәлим алған студенттиң билимине койылатугын талаплар.
- өз тараўларына тийисли түрли текст түрлерин (қысқа гүрриңлер, журнал хәм газета мақалалары, жаңалықлар, интернет текстлер) оқып, текст
бойынша жуўмақ шығара алыўлары;
- текстеги пикирлерди, автор идеясын хәм максетин анықлаулары;
- өз қәнигелигине хәм қызығыушылығына байланыслы текстлерди окып тусиниулери;
- өз қәнигелигине тийисли болмаған мақалаларды сөзликсиз оқып түсиниўлери;
- маденият хәм көркем өнерге байланыслы темаларды (фильм, театр, бадиий адебият)
мақала хәм рецензияларды оқып, ондағы тийкарғы пикирлерди айта алыўы;
окыу процесинде ушырасатуғын машкалаларды анықлап, оларды толық сапластырыў;
- қолланбалар/инструкцияларды оқып керекли көрсетпелерди түсиниўлери;
- коркем шыгармалар текстлерди (уакыя, драма) окып, олардын идеясын, ўакыялардың раўажланыўы хәм акыбетин тусиниу.