«Арнаўлы пәнлерди оқытыў методикасы» пәниниӊ мақсети: алдағы педагогикалық ҳәм илимий-изертлеў искерлигин алып барыў ушын магистрантларды арнаўлы пәнлерди оқытыў методикасыныӊ (тил қәнигелиги бойынша теориялық ҳәм әмелий курслары) заманагөй бағдарлары ҳәм нызамлылықлары менен таныстырыў. Пәнниӊ ўазыйпалары: 1) магистрантлардыӊ методикалық компетенциясын раўажландырыў ҳәм жетилистириў; 2) тил үйретиўши ЖООда ШТ бойынша теориялық ҳәм әмелий курслары ҳәм басқа ЖООда ШТ бойынша әмелий курсын шөлкемлестириўдиӊ заманагөй методикаларын ийелеў; 3) оқыў-методикалық комплекслерди ҳәм тил бойынша сабақларды анализлеў ҳәм баҳалаў мийзанларын ҳәм педагогикалық изертлеўдиӊ ҳәр қыйлы методларын үйрениў; 4) қәнигелик сыпатында тил бойынша сабақларды ҳәр қыйлы формаларда өткериў ҳәм сабақ исленбелериниӊ заманагөй талаплары, сондай-ақ, талабалар билимин қадағалаўдыӊ жаӊа системасы ҳәм баҳалаў дәрежелери менен таныстырыў. Билим, көнликпе ҳәм уқыплылықларды ийелеў дәрежелерине қойылатуғын талаплар